Yangiliklar

Ушырасыў

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты Т.Абдухаликов Жаңа-жап АПЖ аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасып, өз искерлиги бойынша есабат берди. 

Ушырасыў даўамында аймақ турғынларының мүрәжатлары тыңланды. Пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар депутат тәрепинен қадағалаўға алынып, тийисли мәмлекетлик уйымларға депутатлық сораўлар жиберилиўи белгиленди. Сондай-ақ, аймақтағы машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.

Slide 1 of 1