Yangiliklar

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине 64-«Қаракөл» округинен депутат А.Жуманазаровтыӊ Караѳзек районында сайлаўшылар менен ушырасыўы «А.Доснзаров» аўыл пуқаралар жыйынында ѳткерилдии

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине 64-«Қаракөл» округинен депутат А.Жуманазаровтыӊ Караѳзек районында сайлаўшылар менен ушырасыўы «А.Доснзаров» аўыл пуқаралар жыйынында ѳткерилип, онда районлық Кеӊес секретариаты баслығы Қ.Жақсымуратов, аймақтан сайланған жергиликли Кеңес депутаты С.Халмуратов, сиясий партиялар, мәкеме, шөлкем ўәкиллери, мәҳәлле турғынлары қатнасты. Депутат А.Жуманазаров тәрепинен 2025-жылдыӊ биринши шереги даўамында өз искерлиги бойынша әмелге асырған жумыслары ҳаққында сайлаўшыларға есабаты ҳәм жаӊадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалар, аймақта ислениўи белгиленген жумыслар менен таныстырды. Ушырасыўда аймақ турғынларыныӊ мүрәжат ҳәм пикир-усыныслары депутатлар тәрепинен үйренилип, орынланыўы бойынша ўазыйпалар белгиленди. 

Slide 1 of 7