Елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар нəтийжесинде Жаңа Өзбекстанның жаңа тарийхы ҳəр саат, ҳəр қадемде үлкен ҳəриплер менен жазылып атыр. Футболымыз тарийхында жаңа бет ашылды.
Футбол бойынша Жəҳəн чемпионаты 3-саралаў басқышының 10-тур ойыны шеңберинде Ташкенттеги "Бунёдкор" стадионында Өзбекстан қурама командасы Қатар қурама командасын 3:0 есабында жеңилиске ушыратып, мəмлекет тарийхында биринши мəрте Жəҳəн чемпионаты жолламасын қолға киргизди.
Президентимиздиң Пəрманы менен Өзбекстан миллий қурама командасы ағзалары ҳəм тренерлериниң бир топары Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары - “Ўзбекистон ифтихори“ ҳүрметли атағы, “Фидокорона хизматлари учун“, “Дослық”, II-дəрежели “Саламатлық” орденлери, “Саламат турмыс” ҳəм “Шухрат” медаллары менен сыйлықланды.
Бул жеңис барлық жерлеслеримиздиң кеўилин мақтанышқа толтырды. Ҳақыйқаттан да, бүгин елимизде үлкен байрам. Бүгинги күнде ҳəр бир Өзбекстанлық футболшыларымыз бенен мақтаныш етпекте.
Батырбай ЕЛМУРАТОВ,
Өзбекстан ХДП Қоңырат районлық кеңеси баслығы