Депутатлық қадағалаў
МӘҲӘЛЛЕ АЙМАҒЫНДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫП АТЫРҒАН ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ - ДЕПУТАТ ҚАДАҒАЛАЎЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги “2025 - 2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-454-санлы қарарында Шоманай районы “Бегжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 25-санлы мектепти реконструкциялаў белгиленген.
Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутаты, ӨзХДПдепутатлық топары басшысы Махмуд Есенгелдиев жаңадан қурылып атырған қосымша оқыў имаратының қурылыс жумыслары менен танысты.