Новости

ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ

2025-жыл 11-июль күни Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 15-санлы мектеп имәратында Халық депутатлары районлық Кеңесине 14-санлы «Белтаў» сайлаў округинен сайланған депутат Қ.Нурғабулов, 2025-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған депутатлық жумыслары бойынша сайлаўшыларына есабатын берди.

Ушырасыў даўамында, жаңадан қабыл етилген пәрман, қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында аймақ турғынларына үгит-нәсият жумыслары алып барылды. 

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, депутатлық қадағалаўға алынды.

Slide 1 of 1