Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он үшинши сессиясы болып өтти.
янв.21
Qaraózek rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti tárepinen ǵalaba xabar quralları wákilleri hám xalıq deputatları rayonlıq Keńesi sekretariatı qatnasında rayonlıq Veterinariya hám sharwashılıqtı rawajlandırıw bóliminde baspasóz konferenciyası ótkerildi.
янв.21
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 1-Н.Жапақов округинен депутат Қ.Жақсымуратов нураный устаз Т.Саекеев, "Қутлы мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны ўәкиллери биргеликте аймақта жайласқан қәнигелестирилген мектеп оқытыўшы ҳәм оқыўшылары менен ушырасты.
янв.21
Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 28-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.
янв.21
Múnásibet
янв.21
Халық депутатлары районлық Кеӊеси секретариаты баслығы, 1-Н.Жапақов округинен депутат Қ.Жақсымуратов, Дин ислери комитетиниӊ районлық бөлими қәнигеси Б.Базарбаев биргеликте райондағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп оқытыўшылары ҳәм жоқары класс оқыўшылары қатнасында ушырасыў өткерди.
янв.21
Қараөзек районы "Қутлы мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан Халық депутатлары районлық Кеӊеске сайланған депутатлар Қ.Жақсымуратов ҳәм Н.Тлеўмуратовлар бирге ислесиўши мәкеме, шөлкем ўәкиллери менен биргеликте 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп оқытыўшылары ҳәм жоқары класс оқыўшылары қатнасында ушырасыў өткерди.
янв.21
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он екинши сессиясы болып өтти.
янв.21
Қараөзек районы Ата мәкан мәкан пуқаралар жыйынында мәҳәлле ҳәм аймақтағы соцаллық мәкеме шөлкем ўәкиллериниӊ есабат ушырасыўы болып өтти.
янв.21
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм районлық Кеӊеси депутатларыныӊ искерлиги бойынша сайлаўшылар алдында есабат ушырасыўлары болып өтпекте.
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он үшинши сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он үшинши сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, район ҳәкими орынбасарлары, Ишки ислер бөлими, сиясий партиялар, районлық мәкеме, шөлкемлер, пуқаралар жыйынлары ҳәм ғалаба хабар қурал ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде дәслеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январь күнги «2025-жылда Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасы нәтийжелилигин жәнеде асырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қараөзек районы прокурорының мәлимлемеси тыӊланды. Буннан соӊ сессия күн тәртибиндеги Қараөзек районы орайында жайласқан, барлық экономикалық ҳәм социаллық инфраструктураға ийе «Жаңа Өзбекстан» массивинен турақ жай алыўды қәлеўши пуқараларға туўрыдан-туўры субсидия ажыратыў ҳаққында район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Б.Аяпбергеновтыӊ усынысы додаланылды. Сессия күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген мәселелер толығы менен көрип шығылып, алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды ҳәм сессия өз жумысын жуўмақлады.

Slide 1 of 12