Қараөзек районы "Қутлы мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан Халық депутатлары районлық Кеӊеске сайланған депутатлар Қ.Жақсымуратов ҳәм Н.Тлеўмуратовлар бирге ислесиўши мәкеме, шөлкем ўәкиллери менен биргеликте 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп оқытыўшылары ҳәм жоқары класс оқыўшылары қатнасында ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен елимизде жасларға жаратылып атырылған имканиятлар, әсиресе жаслардыӊ билим ҳәм өнер үйрениўи ушын жаратылып атырған қолайлықлар ҳәм жаслардыӊ тәрбиясында жасы үлкенлердиӊ роли, жәмийетте кеңпейиллик ҳәм руўхый турақлылықты беккемлеў ҳаққында тоқталып өтилди.