Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм районлық Кеӊеси депутатларыныӊ искерлиги бойынша сайлаўшылар алдында есабат ушырасыўлары болып өтпекте.
Қараөзек АПЖда өткерилген ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты М.Абдиров, районлық Кеӊес депутаты, Нураный қоры районлық бөлими баслығы М.Гулимбетов, секретариат баслығы Қ.Жақсымуратов, мәҳәлле ўәкиллери, аймақ турғынлары қатнасты.
Ушырасыўда депутатлар тәрепинен сайлаўшыларға өз депутатлық искерлиги бойынша есабатын ҳәм жаӊадан қабыл етилген нызам, қарар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардыӊ халқымыз турмысындағы әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соӊ аймақ пуқаралары тәрепинен мүрәжат ҳәм усынысларын билдирип, орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўға алынды. Жәнеде районлық Кеӊес депутатлары, мәҳәлле ўәкиллери менен биргеликте аймақты социал-экономикалық раўажландырыў ҳәм пуқараларды қыйнап киятырған әҳмийетли машқалаларды шешиўде бирге ислесиўди еледе жетилистириў бойынша келисип алынды.