Университетлер ҳәм профессионал шөлкемлер арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылғанлығы, атап айтқанда, Өзбекстан Миллий университети ҳәм Витебск мәмлекетлик университети арасында илимий-инновациялық бирге ислесиў ҳаққында келисимге ерисилгенлиги, Әндижан мәмлекетлик университети ҳәм Гродно
мәмлекетлик университети, Ферғана техника университети ҳәм Гомел техника университети, Бухара техника университети ҳәм Беларусь азық-аўқат ҳәм химия технологиялары университети, Термиз инженерлик ҳәм агротехнологиялар университети ҳәм Витебск технология университети арасында да келисимлерге қол
қойылғанлығы бизин келешек әўладларымыздың тәжирийбе алмасыў арқалы билимли, илимли болыўдағы имканиятларын жәнеде кенейтиўге хызмет етеди.
3-Мәденият сайлаў округинен депутат Г.Юсупова