♻️ Қоңырат районы “Туркистан” МПЖ аймағында “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде әмелий илаж болып өтти.
🔹 Илажда Өзбекстан ХДП Қоңырат районлық кеңеси баслығы А.Жуманиязов, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты, партия топары басшысы А.Садекова үйме-үй жүрип сайлаўшылардың мүрәжатлерин үйренди.
🔹Онда пуқара Айтпаганбетова Жаннаның майыплығы болған баласын медициналық тексериўден өткерип майыплық напақасына шығарыў бойынша, пуқара Шындагулова Бану жумысқа орналастырыў бойынша мүрәжатлери депутат А.Садекова тәрепинен тийисли тәртипте үйренип шығылып қадағалаўға алынды.
✅ Пуқара Утегенова Гулнараның балалар напақасын алыў бойынша мүрәжаты депутат тәрепинен үйренип шығылып мүрәжат унамлы шешим тапты.
🔹 Соның менен бирге, “Туркистан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы пахта атызларында болып, теримшилер менен сәўбетлести ҳәм алдыңғы теримшилерге саўғалар берилди.