Халық депутаталары Хожели районлық Кеңесине «Мустақыллық» сайлаӯ округинен депутат А.Худайбергенов "Мустақыллық" аўыл пуқаралар жыйынында "Абат шаңарақ - абат көше - абат мәҳәлле" дәстүри тийкарында көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының барысы, ислердиң сапалы алып барылыӯын жәмийетлик қадағалаӯ тийкарында үйренди.
Депутат Президентимиздиң тапсырмасы менен аймақ жасаўшыларының абадан турмысын тәмийинлеў, мәҳәллени абат етиў, яғный ишимлик суў, газ ҳәм электр тармақларын жаңалаў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар барысы менен танысты.