Yangiliklar

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң нәўбеттеги жетпис сегизинши сессиясы болып өтти

 Оған жергиликли депутатлар, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана басшылары, район
белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси баслығы Ермашев Жеңис Маратович кирис сөз менен ашты ҳәм басқарып барды.
Күн тәртибинде район ҳәкими орынбасарларының 2023-жыл даўамында алып барылған жумыслар
бойынша есабатлары тыңланды.
  

Slide 1 of 1