Халық депутатлары Хожели районлық Кеңес депутаты, районлық 40-санлы улыӯма билим бериӯ мектеби директоры А.Худайбергенов басламасы менен мектепте ислеӯши муғаллимлер арасында директор кубоги ушын “Заковат” интеллектуал ойыны болып өтти. Жарыстың мақсети устаз-оқытыӯшылардың интеллектуал билимлерин асырыӯдан ибарат.