Бүгин республикамыздың барлық орынларындағы мектеплерде жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен “Биринши қоңыраў” байрам илажлары өткерилмекте. Халық депутатлары Хожели районлық Кеӊеси депутатлары “Билимлер күни” мүнәсибети менен жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы байрам салатанатларында қатнасып оқыўшыларды қутлықлады. Байрам иләжларында депутатлар сөзге шығып оқыўшы ҳәм устазларды байрам менен қутлықлады.