2024-жыл 27-август күни Хожели районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң тоқсан екинши сессиясы болып өтти. Сессияны Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Ермашев алып барды. Күн тәртибинде 5 мәселе көрилип, тараў басшыларының есабатлары тыңланды. Сондай-ақ, көрилген мәселелер депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланып, мақулланды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.