Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди

БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди

Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңесиниң "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеминде есабат-сайлаў жыйналысы болып өтти.

Онда партияның Мойнақ районлық кеңеси баслығы А.Асенбаева, басланғыш партия шөлкеминиң ағзалары ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Илаж даўамында "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеминиң баслығы С.Нурлыбаеваның 2025-жыл даўамында ислеген жумыслары бойынша есабаты тыңланды. Онда шөлкемниң өткен дәўирде әмелге асырған жумыслары, соның ишинде, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын халық арасында үгит-нәсиятлаў, партия қатарына жаңа ағзаларды тартыў бағдарында алып барылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. 

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Мойнақ районлық партия кеңесиниң баслығы А.Асенбаева сөзге шығып шөлкемниң жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Есабат-сайлаў жыйналысында С.Нурлыбаеваның есабаты қанаатландырарлы деп табылды ҳәм 

"Инсан социаллық орайы " басланғыш партия шөлкеминиң баслығы етип қайта сайланды . 

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова қатнасты.

Slide 1 of 1