Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2026-жыл 6-апрель күнги 100/Х-сессия қарары менен тастыйықланған Жоқарғы Кеңес депутатларының өз аймақларындағы сайлаўшылары менен ушырасыў өткериў бойынша реже-кестесине тийкар 65-Мойнақ сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясының ағзасы Б.Утамбетова ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы К.Насырова, Халық депутатлары Мойнақ районлық кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары басшысы У.Урынбаевалардың "Дослық" МПЖ ҳәм "Үш-сай" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова 2026-жылдың I шерегинде әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берди. Атап айтқанда, Президентимиз басшылығында  елимиздиң раўажланыўы ҳәм халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәниси, әсиресе, Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 21-февраль күнги "Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында"ғы 70-санлы Қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди.

Сөйлесиў даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.

Slide 1 of 1