Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2026-жыл 6-апрельдеги 100/Х-сессия қарары менен тастыйықланған

Жоқарғы Кеңес депутатларының өз аймақларындағы сайлаўшылары менен ушырасыў өткериў бойынша реже-кестеси тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова ҳәм ӨзХДП Мойнақ районлық кеңеси баслығы А.Асенбаевалар "Жайхун" ҳәм "Таллы-өзек" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова 2026-жылдың I шерегинде әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берди. Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген 70 тен аслам пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жүз берип атырған реформалар түсиндирип берилди. Кейинги жыллардағы өзгерислер, раўажланыўлар тек санларда емес, ал ҳәр бир бағдарда избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 21-февраль күнги "Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында"ғы 70-санлы Қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди.

Ушырасыў даўамында сайлаўшылар тәрепинен мүражатлар болды ҳәм оларға тусиниклер берилди.

Slide 1 of 1