Жаңалықлар

Соңғы жаңалықлар

янв.21
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
янв.21
#Бир_мәҳәлле_бир_баслама_акциясы
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Пуқаралардың мүрәжаты тыңланды
янв.21
"Депутат мәҳәлледе”
янв.21
БПШ: "Инсан социаллық орайы" басланғыш партия шөлкеми баслығы есабат берди
янв.21
Депутат ҳәм сайлаўшылар ушырасыўы өткерилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
янв.21
Қарақалпақстанның раўажланыўы жолындағы әҳмийетли қарарлар түсиндирилди
янв.21
МҮНӘСИБЕТ
⏰ Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай:

⏰ Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай: 

🙌 Кәмбағаллықтан шығыў формуласы Кейинги жыллары мәмлекетимизде инсан қәдири ҳәм турмыс сапасын арттырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды.

Президентимиздиң басламасы менен кәмбағаллықты қысқартыў, мәҳәллени раўажландырыў ҳәм социаллық әдилликти тәмийинлеў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде кәмбағаллық дәрежеси сезилерли азайды, миллионлаған пуқаралар турақлы дәрамат дәрегине ийе болды. Енди тийкарғы мақсет - халықты бир мәртелик жәрдем менен емес, ал турақлы дәрамат, сапалы медицина, социаллық қорғаў ҳәм мәҳәлле институты арқалы узақ мүддетли абаданлыққа алып шығыў болып табылады.

🤝 Кәмбағаллықтан шығыў формуласы әпиўайы, бирақ системалы🔤

👉 Социаллық қорғаў ➕ Денсаўлықты сақлаў ➕ Турақлы дәрамат ➕ Раўажланған мәҳәлле 🟰 Шаңарақ абаданлығы

👨‍👩‍👦 2026-жыл "Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" сыпатында жаңа имканиятлар есигин ашады. Мәмлекет, мәҳәлле ҳәм шаңарақ бирге ислесиўи арқалы турақлы раўажланыўға ерисиў - бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады.

🗺 Зулфия Сейиниязова,

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты

✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇

Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)

Slide 1 of 2