Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Prezident Murojaatnomasi mazmuni keng jamoatchilikka yetkazildi
янв.21
TA’LIM MUASSASALARIDA TARG‘IBOT TADBIRI O‘TKAZILDI
янв.21
“Deputat O. Yoldoshev tomonidan korrupsiyaning oldini olish va marosimlarni ixchamlashtirish bo‘yicha targ‘ibot uchrashuvi”
янв.21
Кармана туманида тиббиёт бирлашмаси фаолияти ўрганилди
янв.21
Ko'zi ojizlar va yordamga muhtojlar uchun iliq bayram lahzalari
янв.21
Kuz-qish mavsumi-deputat e'tiborida
янв.21
Депутатлар томонидан Кармана тумани тиббиёт бирлашмасининг куз-қиш мавсумига тайёргарлиги ўрганилди
янв.21
Партия ходимлари қишлоқ аёллари ҳолидан хабар олди
янв.21
Наврўз маҳалласида очиқ мулоқот!
янв.21
Yangi loyiha — “SIYOSATGA MARHAMAT”
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги үшинши сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги үшинши сессиясы болып өтти. 

Сессияны Кеңес баслығы А. Баймуратов басқарып барды. 

Сессия күн тәртибинде, Қараөзек Ишки ислер бөлиминиң район аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыў бойынша ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Ⱪараөзек районындағы Халық қабыллаӯханасы ҳәм районлық Әдиллик бөлими тәрепинен алып барылған жумыслардыӊ жуўмағы бойынша тийисли қәнигелердиң мәлимлемелери тыӊланды.

Сондай-ақ, депутатлар район аймағында суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылыўы белгиленген жумыслар ҳаққындағы режени көрип шықты ҳәм тастыйықлады. 

Және де районда аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, ҳәкимияттың аўысық жер қорындағы аўыл хожалығы жер майданларынан фермер ҳәм дийхан хожалықларын шөлкемлестириў мақсетинде ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усыныслар билдирилди.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси сессиясы күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген барлық мәселелер толығы менен көрип шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди ҳәм алдағы режелер белгилеп алынды.

Slide 1 of 1