Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Prezident Murojaatnomasi mazmuni keng jamoatchilikka yetkazildi
янв.21
TA’LIM MUASSASALARIDA TARG‘IBOT TADBIRI O‘TKAZILDI
янв.21
“Deputat O. Yoldoshev tomonidan korrupsiyaning oldini olish va marosimlarni ixchamlashtirish bo‘yicha targ‘ibot uchrashuvi”
янв.21
Кармана туманида тиббиёт бирлашмаси фаолияти ўрганилди
янв.21
Ko'zi ojizlar va yordamga muhtojlar uchun iliq bayram lahzalari
янв.21
Kuz-qish mavsumi-deputat e'tiborida
янв.21
Депутатлар томонидан Кармана тумани тиббиёт бирлашмасининг куз-қиш мавсумига тайёргарлиги ўрганилди
янв.21
Партия ходимлари қишлоқ аёллари ҳолидан хабар олди
янв.21
Наврўз маҳалласида очиқ мулоқот!
янв.21
Yangi loyiha — “SIYOSATGA MARHAMAT”
МҮНӘСИБЕТ

Усы жыл октябрь айында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Азербайджан Республикасында болып өткен Түркий мəмлекетлер шөлкеми саммитинде қатнасыўы мəмлекетимиз сыртқы сиясатының зəрүрли бағдары болған түркий бирге ислесиў жəне де беккемлеў жолындағы зəрүрли қəдем болды.

Саммитте Президентимиз тəрепинен алға сүрилген басламалар түркий мəмлекетлер арасындағы сиясий, экономикалық, транспорт-логистика, тəлим ҳəм мəдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылғаны менен айырықша əҳмийетке ийе болды. Соның менен бирге, “Жасыл энергетика”, инновациялар, жаслар сиясатын раўажландырыў ҳəм ҳаял-қызлар белсендилигин асырыў бойынша əмелий усыныслар билдирилди.

Түркий мəмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бул ушырасыў улыўма тарийх, мəденият ҳəм руўхый қəдириятлар менен байланысқан халықлар арасындағы бирлик ҳəм дослықты беккемлеўде үлкен əҳмийетке ийе болады. Президентимиз басламалары Түркий дүньяда турақлы раўажланыў, тынышлық ҳəм экономикалық раўажланыўды тəмийинлеўге қаратылғанлығын айтып өтиў зəрүр.

Президентимиз қатнасқан усы саммит тек ғана түркий мəмлекетлер арасындағы аўызбиршиликти ғана емес, ал Өзбекстанның региондағы абырай ҳəм белсенди сыртқы сиясий дəрежесин жəне де беккемледи.

Ғайратдин САБУРОВ, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы