❗️Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ
♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 6-санлы "Қостерек" сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Д.Ажимуратовтың өз сайлаў округинда жасаўшы пуқаралар менен ушырасыўы болып өтти.
✅ Ушырасыўда депутат Д.Ажимуратов 2025-жылдың 9 айы даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.
🔹Сондай-ақ, ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлар билдирилди. Усы мүрәжатлардың шешими бойынша депутат Д.Ажимуратов тәрепинен депутатлық қадағалаў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
➡️Илаж соңында бир қатар аўыл турғынлары «Ашық бюджет» порталының 2025-жыл 2-басқышында «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы жеңимпаз деп табылып, аймақтың инфрадүзилмесин жақсылаўда белсендилик көрсеткенлиги ушын партияның ҳүрмет жарлыклары ҳәм де естелик саўғалары менен сыйлықланды.
👉 Каналға ағза болыў: https://t.me/+Tx9EOGnvNls3NmFi