Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 40-санлы "Айбек" сайлаў округинен депутат Т.Романов ҳәм Халық депутатлары Хожели районлық Кеңес депутаты А.Абдижалиевалар "Саманкол" АПЖ турғынлары менен ушырасты.
Ушырасыўда депутатлар ең дәслеп Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизди социал-экономикалық жақтан ҳәр тәреплеме раўажландырыў, реформалардың әмелге асырылыўы, шет еллерде болған хызмет сапарлары даўамында шығып сөйлеген сөзлери, пикир усыныслары ҳақкында ҳәмде Қарақалпақстан Республикасында исленип атырған жумыслар, сессияларда жаңадан қабылланып атырған Нызамлар, қарарлар бойынша тоқтап өтти.
Ушырасыўдан кейин депутатлар пуқаралардың машқалаларын, пикир ҳәм усынысларын орынларға шыққан ҳалда үйренди ҳәм олардың шешими бойынша тийисли жуўапкер мекеме ҳәм шөлкемлерге депутатлық сораўлары шығарылып қадағалаўға алыныўын айтып өтти.