2025-жыл 14-март күни «Кәсип-өнер мектеби» Басланғыш партия шөлкеминде есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди.
Есабат-сайлаў жыйналысында партияның районлық кеңес баслығы Қ.Жалиев ҳәм басланғыш партия шөлкеми ағзалары қатнасты. Мәжилисте «Кәсип-өнер мектеби» басланғыш партия шөлкеми баслығы Т.Узақбергеновтың 2024-жыл даўамында әмелге асырған жумысларының есабаты тыңланды.
Есабат соңында сөзге шыққанлар басланғыш партия шөлкеминиң өткен дәўирдеги алып барған жумысларын қанаатландырарлы деп таўды ҳәм басланғыш партия шөлкеми баслығы етип Тайыр Узақбергенов сайланды.