2025-жыл 18-март күни «Айдын жол» Басланғыш партия шөлкеминде есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди.
Есабат-сайлаў жыйналысында партияның районлық кеңес баслығы Қ.Жалиев ҳәм басланғыш партия шөлкеми ағзалары қатнасты. Мәжилисте «Айдын жол» басланғыш партия шөлкеми баслығы Е.Алламуратовтың 2024-жыл даўамында әмелге асырған жумысларының есабаты тыңланды.
Есабат соңында сөзге шыққанлар басланғыш партия шөлкеминиң өткен дәўирдеги алып барған жумысларын қанаатландырарлы деп таўды ҳәм басланғыш партия шөлкеми баслығы етип Е.Алламуратов сайланды.