Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Депутат мәҳәлледе

Шымбай районы ХДП: “Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди

Шымбай районы «Көкши қала» МПЖ аймағында жайласқан «Ватанпарвар» шөлкеми Шымбай районы оқыў спорт техника клубында Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен ушырасыў шөлкемлестирилди. 

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Есемуратов ҳәм де партия белсендилери қатнасты.

Ушырасыў даўамында жыйналғанларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳәм де усы қарар тийкарында район аймағында алып барылыўы белгиленген қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары ҳаққында айтип өтилди.

 Сондай-ақ, ушырасыў даўамында жыйналғанлардың мүрәжатлери тыңланып, депутат А.Есемуратов тәрепинен шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3