Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлар тәрепинен «Камбағаллықтан параўанлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўы үйренилди
янв.21
ПУҚАРАЛАР МҮРӘЖАТЛАРЫ ИТИБАР ОРАЙЫНДА: «ПАШЕНТТАЎ» АПЖДА ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ
янв.21
Руўхый-ағартыўшылық кешеси
янв.21
ҒӘЛЛЕ МАПАЗЫ ҚЫЗҒЫН ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
янв.21
«МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ» АҒЗАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ
янв.21
MÁHÁLLEDEGI ÓNERMETSHILIK JUMISLARI ÚYRENILDI
янв.21
MÁHÁLLE JUMISI ÚYRENILDI
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDE
янв.21
DEPUTAT QURILIS JUMISLARI MENEN TANISTI.
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLE PUQARALARI MENEN USHIRASTI
Депутатлар тәрепинен «Камбағаллықтан параўанлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўы үйренилди

Депутатлар тәрепинен «Камбағаллықтан параўанлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўы үйренилди

❗️Аймақларда халықтың социаллық қорғаўға мүтаж қатламларын қоллап-қуўатлаў, олардың дәрамат дереклерин арттырыў ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаў мақсетинде қабыл етилген «Камбағаллықтан параўанлыққа қарай» мәмлекетлик бағдарламасы Шымбай районында да избе-излик пенен әмелге асырылмақта.

♻️ Жоқарыдағы бағдарлама шеңберинде алып барылып атырған жумыслардың ҳақыйқый барысын үйрениў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Ф.Палванова ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары М.Зарикеев ҳәм Ш.Абдикаримовлар Шымбай районындағы «Майжап» АПЖ аймағында болды.

Илаж даўамында тийкарғы дыққат халықтың, әсиресе кем тәмийинленген шаңарақлардың дәрамат дереги болған тамарқа жерлеринен нәтийжели пайдаланыў мәселесине қаратылды. Бунна тысқары кем тәмийинленген шаңарақларды ағын суў (тамарқа суўы) менен өз ўақтында ҳәм үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде аймақта шөлкемлестирилип атырған жаңа суў сақлаў ҳәўизи қурылысы менен жақыннан танысылды. Депутатлар объекттиң қурылыс-монтаж жумысларының сапасын көзден өткерди.

Үйрениў жумыслары соңында суў сақлаў ҳәўизи қурылысын сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде жуўмақлаў, бағдарлама шеңберинде қоллап-қуўатлаўға мүтаж ҳәр бир шаңараққа тийисли көмекти өз ўақтында жеткериў бойынша жуўапкерлерге зәрүрли усыныслар берилди ҳәм жумыслар депутатлық қадағалаўына алынды.

Slide 1 of 3