Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлар тәрепинен «Камбағаллықтан параўанлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўы үйренилди
янв.21
ПУҚАРАЛАР МҮРӘЖАТЛАРЫ ИТИБАР ОРАЙЫНДА: «ПАШЕНТТАЎ» АПЖДА ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ
янв.21
Руўхый-ағартыўшылық кешеси
янв.21
ҒӘЛЛЕ МАПАЗЫ ҚЫЗҒЫН ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
янв.21
«МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ» АҒЗАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ
янв.21
MÁHÁLLEDEGI ÓNERMETSHILIK JUMISLARI ÚYRENILDI
янв.21
MÁHÁLLE JUMISI ÚYRENILDI
янв.21
DEPUTAT QURILIS JUMISLARI MENEN TANISTI.
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDE
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLE PUQARALARI MENEN USHIRASTI
«МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ» АҒЗАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

«МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ» АҒЗАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

❗️Мәҳәллелердеги социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм аймақты раўажландырыўда «Мәҳәлле жетилиги» ағзаларының орнын арттырыў мақсетинде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары «Кеңес» АПЖ аймағында болды.

♻️ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты баслығы М.Зарикеев, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, Кеңес жанындағы Жаслар мәсләҳат топары ағзалары ҳәм «мәҳәлле жетилиги» ағзалары қатнасты.

Илаж даўамында «Мәҳәлле жетилиги» ағзаларының алып барып атырған жумыслары көзден өткерилип, тараўлар бойынша жумысты халық мәпине сай шөлкемлестириўге қаратылған керекли пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Сондай-ақ, аймақта анықланған машқалаларды қысқа мүддетлерде сапалы шешиў ҳәм халықтың жасаў шараятларын буннан да жақсылаў бойынша ислениўи керек болған тийкарғы ўазыйпалар белгиленди ҳәм бул бағдардағы жумыслар депутатлық қадағалаўына алынды.

Slide 1 of 5