Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлар тәрепинен «Камбағаллықтан параўанлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўы үйренилди
янв.21
ПУҚАРАЛАР МҮРӘЖАТЛАРЫ ИТИБАР ОРАЙЫНДА: «ПАШЕНТТАЎ» АПЖДА ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ
янв.21
Руўхый-ағартыўшылық кешеси
янв.21
ҒӘЛЛЕ МАПАЗЫ ҚЫЗҒЫН ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
янв.21
«МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ» АҒЗАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ
янв.21
MÁHÁLLEDEGI ÓNERMETSHILIK JUMISLARI ÚYRENILDI
янв.21
MÁHÁLLE JUMISI ÚYRENILDI
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLEDE
янв.21
DEPUTAT QURILIS JUMISLARI MENEN TANISTI.
янв.21
DEPUTAT MÁHÁLLE PUQARALARI MENEN USHIRASTI
ҒӘЛЛЕ МАПАЗЫ ҚЫЗҒЫН ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

ҒӘЛЛЕ МАПАЗЫ ҚЫЗҒЫН ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

❗️Бүгинги күнде аймақларда ғәлле мапазы қызғын даўам етпекте. Халқымыздың ырысқы-несийбеси болған ғәлле өнимин өз ўақтында, ысырапшылықсыз жыйнап алыў — ҳәр бир жуўапкер шахстан айрықша дыққат-итибарды ҳәм жоқары жуўапкершиликти талап етеди. Усы мақсетте, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары орынларда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде «Кеңес» АПЖ аймағында болды.

♻️ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секратариаты баслығы М.Зарикеев, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, Кеңес жанындағы жаслар мәслаҳат топары ағзалары, тийисли тараў қәнигелери ҳәм «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары қатнасты.

Илажда аймақлардағы ғәлле орымы барысы, фермерлерге жаратылған шараятлар ҳәм жумыслардың туўры шөлкемлестирилиўи менен жақыннан танысылды. Сондай-ақ, депутатлар ғәлле мапазы ушын аймаққа бириктирилген жуўапкер ўәкиллер ҳәм тийисли қәнигелер менен ушырасты.

Ушырасыў соңында депутатлар тәрепинен мапаз жумысларын буннан былай да жеделлестириў, фермер хожалықларына зәрүр жәрдемлерди өз ўақтында көрсетүү бойынша усыныслар берилди ҳәм тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 4