Yangiliklar

ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ
социаллық тараў, жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша турақлы
комиссиясыныӊ гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилис күн тәртибинде Қараөзек
районы ҳәкими орынбасары, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы
Р.Сагидуллаеваныӊ бесинши басқыш “Ҳаяллар
дәптери” тийкарында 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында
есабаты тыӊланды. Буннан соӊ турақлы комиссия ағзасы Г.Юсупова шығып сөйлеп, бул
мәселе бойынша өз пикир, усынысын билдирди. Күн тәртибиндеги мәселе додаланылып,
гезектеги сессия күн тәртибине киритиў белгилеп алынды.
 

Slide 1 of 1