Yangiliklar

ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ

Халық депутатлары Мойнак районлық Кеңесине 3-санлы "Шағырлы" сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы К.Насырованың «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат К.Насырованың 2025-жылдың I-ярым жыллығы даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди. 

Сондай-ақ, ушырасыўда депутат К.Насырова халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 1