Ишки көшелерге асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта
Нөкис районы «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары 2025-жыл 1-мәўсими шеңберинде “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы Бахадир, Қоблан батыр ҳәм Нурҳаёт көшелерин қара қапламалы (асфальт) төсеў бойынша усынылған жойбары тийкарында жеңимпаз болған еди.
Бүгинги күнде бул көшелерди қара қапламалы (асфальт) төсеў жумыслары әмелге асырылып, аймақ турғынларының нешше жыллық машқаласы өз шешимин тапты.