Депутат мүрәжаат үйренбекте
Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси 8-санлы «Еркиндарья» сайлаў округи депутаты Ж.Жуманазаров Еркиндарья АПЖ аймағындағы пуқаралар тǝрепинен 385 хожалыққа ишимлик суўын жеткерип бериў станциясының (ЭКОС) 5 күннен бери ислемей қалғанлығы ҳаққында мүрәжаат еткен еди.
Депутат аймақтағы ишимлик суўын жеткерип бериў станциясын үйренип шығып ҳǝзирги ўақытта суў шығарыўшы турубалары жарамсыз ҳалға келип қалғанлығы себепли жеңил реконструкция жумыслары ислеў керек екенлиги анықланды ҳәм тийисли орынларға депутат сораўы жиберилип қадағалаўға алынды.