🗣 Мүрәжат унамлы шешим таўды
✅ «Дослық» мәҳәлле пуқаралар жыйыны турғынларыныӊ усыныс ҳәм мүрәжатларына тийкар И.Каримов гүзәры аймағында (бағдар «Chopar» пицца) пиядалар өтиў орны депутат сораўнамасы тийкарында орнатылды.
📝 Бул аймақта көликлердиӊ тез ҳәрекетлениўи, көп қабатлы жайлардыӊ болыўы, мектеп, бақша ҳәм азық-аўқат дүканларына пуқаралар үлкен жол арқалы өтиўде бираз ўақытлардан берли қыйналып киятырған еди. Аймақ турғынларыныӊ машқаласы унамлы шешим таўды.
👮♂️ Машқаланы шешиўде жақыннан жәрдем көрсеткен Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлик басқармасына миннетдаршылық билдиремиз.