Бүгин Кегейли районы “Нурлы бостан” мәкән пуқаралар жыйыны имәратында мәҳәлле жетилиги ҳәмде халық ўәкиллери менен ушырасыў жыйналысы болып өтти.
Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Н.Аметова, районлық Секретариат баслығы Б.Искендеров, ЎзЛиДеП районлық Кеңеси апарат хызметкерлери, районлық Кеңес депутатлары ҳәмде мәҳәлле жетилиги қатнасты.
Иләждан тийкарғы мақсет аймақта ушырасып атырған машқалалар, шешими күтилип атырған мүражатларды унамлы шешилиўи бойынша ўазыйпалар белгилеп алыўдан ибарат болды.
Сондай-ақ, жақында болып өткен пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўы жуўмағы менен жаңадан сайланған мәҳәлле баслығы Б.Утешовты депутатлар тәрепинен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тиледи.