Сондай-ақ, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси секретариаты, депутатлар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен биргеликте халықты таза ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў бағдарында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрель күнги «Азия раўажландырыў банки қатнасында «Өзбекстанның батыс тәрепинде ишимлик суў тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4271-санлы қарарына муўапық Қараөзек районын ишимлик суў менен тәмийинлеў бойынша Азия раўажландырыў банки тәрепинен қаржыландырылған жойбар тийкарында әмелге асырылып атырылған жумыслар менен танысты.