Халыққа таза ишимлик суў жеткерип бериў бойынша пуқараларды мүрәжатларын үйрениў ҳәм әмелий шешиў бағдарында «ЎзСУВТАМИНОТ» басқармасы тәрепинен Қараөзек районында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилип, онда «ЎзСУВТАМИНОТ» басқармасы баслығы орынбасары И.Кудайбергенов, «Қарақалпақ суў тамийнат» АЖ қурылыс бөлими баслығы Ж.Сагаткалиев ҳәм районлық суў тармақлары кәрханасы баслығы О.Якубов, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңес депутатлары, пуқаралар қатнасты. Ушырасыўда халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў бойынша мүрәжатлары тыңланды ҳәм қәнигелер тәрепинен районды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша режелер ҳәм әмелге асырылып атырылған жумыслар менен таныстырылды.