Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў Агентлик тәрепинен Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте өткен жылдың август-ноябрь айларында "Басшы ҳаял-қызлар мектеби" бағдарламасының 4-мәўсими ушын талабанларды таңлап алыў басқышы өткерилди. Онда жәми 550 ҳаял-қызлардың дизими қәлиплестирилип, Миллий кадрлар резерви тест сынақларынан табыслы өткен 150 ҳаял-қызлар менен сәўбетлер шөлкемлестирилди. Тест сынақлары ҳәм сәўбет нәтийжелери бойынша ең жоқары нәтийжелерге ерискен 100 ҳаял-қыз "Басшы ҳаял-қызлар мектеби"ниң жаңа мәўсимине қатнасыўға усыныс етилди.
"Басшы ҳаял-қызлар мектеби" оқыў бағдарламасының төртинши мәўсиминде Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесидепутаты, районымыздағы 14-санлы мектеп директоры Н.Пиримбетова қатнаспақта.