Янгиликлар

БИЛИМЛЕР КҮНИНДЕ ПАРТИЯМЫЗ ДЫҚҚАТЫ ЖАСЛАРДА

БИЛИМЛЕР КҮНИНДЕ ПАРТИЯМЫЗ ДЫҚҚАТЫ ЖАСЛАРҒА

♻️ Халық депутатлары Мойнақ районлық кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Жолымбетова 2-сентябрь күни 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Билимлер күни" мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы илажда қатнасты.

Илаж даўамында оқыўшы ҳәм муғаллимлерди Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы ҳәм "Билимлер күни" менен менен қутлықлап, оларға жақсы тилеклер билдирди.

Сондай-ақ, жоқары класс оқыўшылары менен "Ғәрезсизлик сабағы" өткерилип, партиямыздың жумысы, мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жетерли дәрежеде жуўаплар алып, ашық пикирлесиўде қатнасты.

Slide 1 of 1