Ҳүрметли Президентимиздиӊ
Қарақалпақстан Республикасын экономикалық раўажландырыў бағдарында бир қатар
Пәрман, қарарлары турмысымызда өз көринисин таппақта.
Мине усындай және бир әҳмийетли
қарарлардыӊ бири «Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық
раўажландырыўға қаратылған илажларды жәнеде жеделлестириў ҳаққында»ғы 2025-жыл
14-август күни ПҚ-248-санлы қарары тийкарында республикамызда халқымыз
турмысына сезилерли жаңаланыўларды баслап келетуғын бир қатар ўазыйпалар
белгиленди. Әсиресе халқымыз усынысы менен Қарақалпақстанды Қазақстан
Республикасының Қызылорда ўәлаяты менен байланыстырыўшы Қызылорда – Тахтакөпир
автомобиль жолын қурыў жөнинде еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер
аралық қоспа комиссия шеңберинде сөйлесиўлер алып барыў бағдарында Қызылорда –
Тахтакөпир автомобиль жолларыныӊ ашылыўы арқалы арқа Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм
Шымбай районларыныӊ социал-экономикалық раўажланыўы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы
ески таў ҳәм дәрья бойы аймақларында жаӊа туристлик орынларын жолға қойыў
бағдарында белгиленген ўазыйпалар, Қараөзек районы аймағыннда жайласқан Шайх
Жалил баба зыярат орны ҳәм Әмиў- Қаратаў дем алыў орныларыныӊ киритилгенлиги
районымыз халқы ушын қуўанышлы хабарлардыӊ бири болды.
Сондай-ақ, усы қарар
тийкарында Қарақалпақстан Республикасы жаслары ушын жоқары оқыў
орынларына мақсетли қабыллаў кейинги үш жылда ҳәр жылы 200 квоталарыныӊ
ажыратылыўы, жалпы аймақлық өнимлер муғдарын 6 - 6,5 процентке, санаат ислеп
шығарыў муғдарын 5 - 6-процентке, аўыл хожалығында ислеп шығарыўды 4-5
процентке асырыўға бағдарланған бир
қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Ғәрезсизлигимиздиң отыз төрт
жыллығы алдынан халқымыз ушын және бир әҳмийетли ҳүжжет қабыл етилиўи менен
турмысымыздың абат, пәраўанлығы артыўына себеп болары сөзсиз.
Н.Тлеумуратов – Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 2-Гулистан сайлаў округи депутаты, Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийети районлық бөлими атқарыўшы директоры.