Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатлары тәрепинен Мәденият аўыл пуқаралар жыйынында ушырасыў болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатлары тәрепинен Мәденият аўыл пуқаралар жыйынында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға районлық Кеӊес депутатлары, район ҳәкими орынбасары, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р.Сагидулаева, нураныйлар, көше бийлери, аймақ турғынлары ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2025-жыл 10-июль күнги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары мазмуны ҳәм аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырылған жумыслар, сондай-ақ, абаданластырыў, той-мерекелерди ықшамластырыў ҳәмде басқада мәселелерде кеӊнен пикир алысылды.

Slide 1 of 6