Халық депутатлары Караѳзек районлық Кеңеси секретариаты баслығы, 1-Н.Жапақов округинен депутат Қ.Жақсымуратов , 10-А.Досназаров округи депутаты С.Ықласов «Адолат» СДП районлық Кеңеси баслығы Д.Хожанов ҳәм дин ислери комитети районлық ўәкили Б.Базарбаевлар биргеликте 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми ҳәм 20-санлы шаңарақлық поликлиника хызметкерлери менен ушырасып, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2025-жыл 10-июль күнги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары мазмуны, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам, пәрман, қарарлар, жынаятшылық, ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, ҳуқықый мәдениятты асырыў бойынша үгит-нәсият алып барып, жаслар тәрбиясы, руўхый саламат орталықты қәлиплестириў, диний кеңпейиллик идеялары шеңберинде пикир алысты.