«Депутат
мәҳәлледе» жойбары.
2025-жыл
17-июнь күни Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты Қ.Жалиев «Дәўир» Мәкан пуқаралар жыйынындағы «Мәҳәлле
жетилиги» менен ушырасты. Ушырасыўда «Өзбекстан
Республикасы Президенти ҳүжжетлери, Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкимет
қарарлары, Жоқары дәрежедеги сапарлар даўамында ерисилген келисиўлер бойынша
ислеп шығылған «Жол карталары»нда Тахтакөпир районын социал-экономикалық
раўажландырыў бойынша белгиленген ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәмде нәтийжели
қадағалаўды алып барыў ҳаққында» Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
баслығы А.Т.Орынбаев тәрепинен 2025-жыл 10-февраль күни тастыйықлаған Режеси
тийкарында аймақта әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳәм оларды қадағалап барыў
бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.