Сессия
күн тәртибинде Өзбекстан Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси
депутатлық топары тәрепинен лаўазымлы
басшылардың есабатлары тыңланды.
Атап айтқанда:
-Өзбекстан
Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-июндеги “Көп квартиралы жайларды
басқарыў системасын және де жетилистириў ҳаққында”ғы ПҚ-5152-санлы қарары
тийкарында раёндағы көп квартиралы жайларға сервис хызметлерин көрсетиў бойынша
әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Тахтакөпир раёны ҳәкиминиң қурылыс,
коммуникациялар, коммунал хожалық, экология мәселелери бойынша орынбасары П.Ерназаровтың есабаты;
-Өзбекстан
Республикасының 2020-жыл 23-сентябрдеги ЎРҚ-637-санлы «Билимлендириў
ҳаққында»ғы Нызамының билимлендириў мәкемелеринде орынланыў барысы ҳаққында
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы ўазыйпасын ўақытша
атқарыўшы Б.Утепбергеновтың есабаты;
-Жаслар
ислери агентлиги Тахтакөпир раёнлық бөлими тәрепинен 2025-жыл даўамында
жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсипке оқытыў, «Жаслар дәптери»не
киритилген жаслар менен ислесиў бойынша әмелге асырған жумыслары бойынша бөлим
баслығы А.Нызаматдиновтың есабаты тыңланды.