Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
G‘OZG‘ON SHAHRIDA GIYOHVANDLIK VA KIBERJINOYATCHILIKKA QARSHI TARG‘IBOT TADBIRI O‘TKAZILDI
янв.21
Favqulodda vaziyatlarning oldini olish bo‘yicha targ‘ibot ishlari olib borildi
янв.21
Jinoyatchilikka qarshi kurashish holati o‘rganildi
янв.21
“Jismoniy tarbiya va sport to‘g‘risida”gi Qonun ijrosi asosida sport zali holati o‘rganildi
янв.21
Elektr ta’minoti korxonasi faoliyati sessiya oldi o‘rganildi
янв.21
Fuqarolar murojaati joyida o‘rganildi
янв.21
Bozordagi narx-navolar va mahsulotlar yetarliligi o‘rganildi
янв.21
“Dolzarb 90 kun” tadbiri davom etmoqda
янв.21
Yangi Dehqon bozori qurilishi doimiy nazoratda
янв.21
“Chiqindilar to‘g‘risida”gi Qonun ijrosi o‘rganildi
МҮНӘСИБЕТ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген "Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы ПП-98-санлы Пәрманы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған 7 әҳмийетли бағдар белгилеп берилмекте.


Пәрманға тийкар Кеңес президиумы институтын шөлкемлестириў ҳәм айырым мәселелерди Президиум мәжилислеринде (сессиялар аралығында) көрип шығыў механизмин енгизиў белгиленди. 

Бул пәрманға тийкар сайлаў ҳуқықына ийе болған кеминде 1 мың пуқара район (қала)лық Кеңеске, кеминде 5 мың пуқара ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңесине көрип шығылыўы шәрт болған мүрәжат киргизиў ҳуқықы бериледи. Бул жәмәәтлик мүрәжатлар жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине қайшы келмеўи, аймақтың улыўма мәплерин сәўлелендириўи керек. 

Буннан тысқары, усы Пәрманға муўапық жәмәәтлик мүрәжатларды жергиликли Кеңеслер тәрепинен көрип шығыў тәртип-қағыйдалары, мүрәжаттың мазмуны жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик мәплерге қайшы келмеўи және аймақтың улыўма мәплерин билдириўи сыяқлы талапларға сай болыўы керек екенлиги де белгилеп бериледи. Жәмәәтлик мүрәжат етиў системасының жаратылыўы халқымыздың сиясий процесслердеги белсендилигин арттырыў менен бир қатарда, жергиликли Кеңес депутатларының да өз сайлаўшылары алдындағы жуўапкершилигин арттырады.