Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
G‘OZG‘ON SHAHRIDA GIYOHVANDLIK VA KIBERJINOYATCHILIKKA QARSHI TARG‘IBOT TADBIRI O‘TKAZILDI
янв.21
Favqulodda vaziyatlarning oldini olish bo‘yicha targ‘ibot ishlari olib borildi
янв.21
Jinoyatchilikka qarshi kurashish holati o‘rganildi
янв.21
“Jismoniy tarbiya va sport to‘g‘risida”gi Qonun ijrosi asosida sport zali holati o‘rganildi
янв.21
Elektr ta’minoti korxonasi faoliyati sessiya oldi o‘rganildi
янв.21
Fuqarolar murojaati joyida o‘rganildi
янв.21
Yangi Dehqon bozori qurilishi doimiy nazoratda
янв.21
“Dolzarb 90 kun” tadbiri davom etmoqda
янв.21
Bozordagi narx-navolar va mahsulotlar yetarliligi o‘rganildi
янв.21
“Chiqindilar to‘g‘risida”gi Qonun ijrosi o‘rganildi
МҮНӘСИБЕТ

♻️ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарары қабыл етилди.


✅ Бунда «Жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 пайызға, санаат өндирисиниң көлемин 5-6 пайызға жеткериў, базар хызметлер көлемин 15-17 пайызға ҳәм де аўыл хожалығы ислеп шығарыўын 4-5 пайызға өсиўин тәмийинлеў» 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономиқалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди. 

✅ Жоқарыда келтирилген қарардың 1-қосымшасына муўапық, «Жасыл принцип тийкарында» Шымбай районындағы бир қанша социаллық тараў объектлеринде оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Атап айтқанда «Таза жол» АПЖ аймағындағы 13-санлы ўлыўма билим бериў мектебине 3,5 млрд сўм ҳәм де «Тағжап» АПЖ аймағындағы 29-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине 6,3 млрд сўм қаржы ажыратыў есабынан оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. 

✅ Және де «Д-234» Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының Шымбай районынан өтиўши 47-58 ҳәм де 63-84 км жәми 32 км. аралығында 5 млрд. қаржы есабынан оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. 

✅ Сондай-ақ, Шымбай районы орайында жайласқан кәсиплик көнликпелер орайы жанында Бәнтликке көмеклесиў мамкелетлик фонды қаржылары есабынан оқыў ҳәм ислеп шығарыў этнотуризм орнын шөлкемлестириў режелестирилген. 

✅  Халқымызды хәр тәреплеме разы қылыў жолдында әмелге асырылып атырған бул өзгерислерди халқымыз үлкен қуўаныш ҳәм шүкиршилик пенен қабылламақта.