Янгиликлар

Ушырасыў

Хожели районы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты М.Мамутов 2025-жыл 6 айы даўамында әмелге асырылған депутатлық жумыслары ҳаққында есабат берди. Ушырасыўға «Парўаз», «Қырқыншы», «Қумбыз», «Күн нуры», «Бунёдкор» мәкан пуқаралар жыйынлары турғынларынлары ҳәм усы мәҳәллелер округинен районлық Кеңеске сайланған депутатлар қатнасты. Ушырасыўда М.Мамутов алып барған жумыслар бойынша есабаты менен таныстырып енди ислениўи керек ўазыйпалар бойынша мәҳәлле басшылары, көше бийлери, аймақ белсендилери менен пикирлесип мәселелер додалап билдирилген мүрәжәтлар бойынша тийисли мәкемелерге депутатлық сораўларын жибериў кереклигин белгилеп алды.

Slide 1 of 1