Янгиликлар

Ушырасыў

Президентимиздиң 23.06.2025-жылғы «Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-98-санлы пәрманы имзәланды. Пәрманның мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў мақсетинде бүгин 2025-жыл 22-июль күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район белсендилери менен ушырасыў өткерилди. Иләжға район ҳәкими Ж.Ермашев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Утемисов, партия кеңеси басшылары, жергиликли депутатлар, жаслар мәсләҳәт топары ағзалары, 28 мәҳалле ҳәм тараў қәнигелери қатнасты. Иләжда жергиликли кеңеслердиң жумысын буннан былайда күшейтиўди нәзерде тутатуғын әҳмийетли ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Slide 1 of 1