Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Sessiya
янв.21
QUSHLAR VA GULLAR BAYRAMI
янв.21
Кекса авлод – ҳаётимиз таянчи ва илҳом манбаи!
янв.21
Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Қонунчилик палатаси депутати Улуғбек Шерматов Халқ депутатлари Учқудуқ туман Кенгаши депутатлари билан очиқ мулоқот ўтказди.
янв.21
Миллийлик урфда!
янв.21
"Ёшларни оилавий хаётга тайёрлаш" мактабида ёш никохланувчиларга оилавий хаёт сабоклари берилди.
янв.21
Deputatlar xalq orasida!
янв.21
OVULGA TASHRIF XALQ BILAN MULOQOT — ASOSIY MAQSAD
янв.21
DEPUTAT TASHRIFI
янв.21
Yangi tashkil etilgan ekobog‘larda deputatlik nazorati o‘rnatildi.
#Сессия

Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң жетинши шақырық оныншы сессиясы болып өтти. Сессияны Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси баслығы Ж.Ермашев алып барды. Күн тәрбинде 8 мәселе көрилип, есабат бериўшилердиң баянаты тыңланды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Олий Мажлис Сенатының 14.09.2019-жылғы "Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди тәртипке салыў ҳаққында"ғы қоспа қарарының айрым аймақларда толық орынланбай атырғанлығы себепли, той-мереке ҳәм оған байланыслы түрли шаңарақлық иләжлар ысырапгершилик ҳәм дәбдебелилик пенен өткерилип атырғанлығы кең жәмийетшиликти тәшўишке салып атыр. Соңлықтан халықтың усыныс ҳәм мүрәжатларына муўапық мәмлекетлик және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте кең жәмийетшилик ўәкиллери ағзалығында район аймағында тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер сыяқлы иләжларды өткериўди тәртипке салыў мәселелерин муўапықластырыўшы жәмийетлик кеңесиниң қурамын шөлкемлестириў усыныс етилди ҳәм қатнасыўшыларға таныстырылды. Депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги сегиз мәселе бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Slide 1 of 1