Бүгин
Тахтакөпир районындағы «А.Адилов» АПЖ аймағында «Taxtakopir Gold Tekstil
Mahsulotlari» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылыўы режелестирилген
тоқымашылық жойбарының салтанатлы түрде ирге тасы қойылды.
Онда
район ҳәкими Ж.Адилов, нуранийлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жойбарды
әмелге асырып атырған кәрхана басшылары қатнасты. Иләжда сөзге шыққанлар,
жойбардың әҳмийети, оның район экономикасы ҳәм халықтың абаданлығына қосатуғын
үлеси ҳаққында атап өтти.
Президентимиздиң
2023-жыл 8-августь күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге
қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-иләжлары ҳаққында»ғы 129-санлы
пәрманына тийкар бул инвестициялық жойбар ушын 4,5 гектар жер майданы
ажыратылды. Улыўма баҳасы 25,4 млн АҚШ доллары болған жойбарға
муўапық, кәрхана тәрепинен жылына 5 мың тонна жип ийирип шығарылып, жылына 11,1
млрд. сум муғдарында таяр өним ислеп шығарыў режелестирилген. Толық иске түсиўи
нәтийжесинде 257 жаңа жумыс орынлары жаратылады.